Qorauzak tumani maktabgacha va maktab bólimi
-
-
Elektron pochta
Усы жылдың 23-март күни Қараөзек районында 2022-жыл «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» ҳәмде “21-март улыўма халықлық Наўрыз байрамы”на арнап ҳаял қызлар арасында спорттың «Волейбол» түринен улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары ҳәм Республика жаслар арасында Қараөзек районы Ҳәкими кубогы болып өтти.
Жарысқа Республикамыздың Беруний, Хожели, Тахтакөпир, Қараөзек районлары ҳәм Нөкис қаласынан жәми 9 команда қатнасты.
Жарыс жуўмағында I-орынды Қараөзек районы қызлар командасы, II-орынды Нөкис қаласы, III-орынды Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы командалары жеңип алды. Жеңимпаз командаларға район ҳəкимлиги, қаўендер мәкемелер ҳәм районлық халық билимлендириў бөлими тəрепинен таярланған кубог, диплом ҳəм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Жарыс соңында район ҳәкими спортшыларды қолға киргизген жетискенликлери ҳәм Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, жасларымыздың спортқа болған қызығыўшылығын еледе асырыў, басқада түрлерин раўажландырыў илажларына тоқтап өтти


