Qorauzak tumani maktabgacha va maktab bólimi
-
-
Elektron pochta
🤾♂Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында «Үмит нәўшелери-2022» спорт жарысларының аймақлық басқышы, Қараөзек районында болып өтти.
🤽♀Жарысқа Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Бозатаў районларынан спортшылар қатнасты.
Жарыстың ашылыў салтанатында район ҳәкими У. Утамбетов спортшыларды қызғын қутлықлап, спорт тараўында жасларға жаратылған имканиятлар менен жеңилликлерге айырықша тоқтап өтти.
⚽️Бул жарыста спорттың волейбол, баскетбол, футбол, гандбол түрлеринен жасларымыз кескин беллесиўлер алып барды.
⛹♂Солай етип, жарыс жуўмағында спорттың “Волейбол” түринен I-орынды Қараөзек, II-орын Шымбай, III-орын Бозатаў районы, Баскетбол түринен I-орынды Шымбай, II-орын Қараөзек, III-орын Тахтакөпир районы, Футболдан болса, I-орынды Қараөзек, II-орын Шымбай, III-орын Кегейли районы, гандболдан, I-орынды Шымбай, II-орын Қараөзек, III-орын Кегейли районлары командалары жеңип алыўға еристи
🥇Беллесиўлер соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлық ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.




