Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 28-May-2025
  • 121

“Коррупцияға қарсы гүресиў”

#семинар

“Коррупцияға қарсы гүресиў”

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Коррупцияға қарсы белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Коррупцияға қарсы гүресиў” айлығы шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў тараўында ислеўши хызметкерлерде коррупцияға қарата жек көриўшилик мүнәсебетти  қәлиплестириў, олардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жәнеде асырыў, коррупцияға қарсы профилактикалық ис-илажларын шөлкемлестириў бағдарында ҳуқуқ қорғаў уйымлары қатнасында семинар болып өтти.
Семинарда “Коррупцияға қарсы гүресиў” айлығында өткерилиўи тийис болған ис-иләжлардың орынланыўы барысында әмелге асырылыўы тийис жумыслар бойынша түсиниклер берди.