Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi
-
-
Elektron pochta
#pisa_2025.
⚡️Бүгин Қараөзек районы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде PISA (Programme for International Student Assessment) 2025 халықаралық баҳалаў бағдарламасының тест сынақлары болып өтти.
Бул абырайлы халықаралық тестте мектептиң 15 жастағы 9 оқыўшысы толық ҳәм белсене қатнасты.
Тест сынақлары даўамында оқыўшылар өзлериниң функционал саўатлылығы, яғный оқыў, математика ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша билим ҳәм көнликпелерин әмелий мысаллар арқалы сынақтан өткерди.
Тест жуўмағында район ҳәкими А. Баймуратов белсене қатнасқан оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарына миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.
Бундай тән алыў ҳәм хошаметлеў илажлары оқыўшылардың келешектеги оқыў процесине болған қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди.
—-
#pisa_2025.
⚡️Бугун Қораўзак тумани 20-сонли умумий ўрта таълим мактабида PISA (Programme for International Student Assessment) 2025 халқаро баҳолаш дастурининг тест синовлари бўлиб ўтди.
Ушбу нуфузли халқаро тестда мактабнинг 15 ёшли 9 нафар ўқувчиси тўлиқ ва фаол иштирок этди.
Тест синовлари давомида ўқувчилар ўзларининг функционал саводхонлиги, яъни ўқиш, математика ва табиий фанлар бўйича билим ва кўникмаларини амалий мисоллар орқали синовдан ўтказди.
Тест якунида туман ҳокими А. Баймуратов фаол иштирок этган ўқувчилар ва уларнинг ота-оналарига ташаккурнома ва эсдалик совғаларини топширди.
Бундай эътироф ва рағбатлантириш тадбирлари ўқувчиларнинг келгуси ўқув жараёнига бўлган қизиқишини янада оширишга хизмат қилади.
