Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 05-November-2024
  • 134

Басламалы бюджет қаржылары тийкарында басланған қурылыс жумыслары жуўмақланды.

Бүгин аймақларда Президентимиздиң басламасы менен алып барылып атырған қурылыс, абаданластырыў ислериниң тийкарында халқымыздың жақсы турмыста жасаўына болған умтылысын көриўимиз мүмкин.

 

Бул бағдарда Қараөзек районында усы жылдың биринши ярымында «Ашық бюджет» порталы арқалы даўыс бериў жолы менен жеңимпаз деп табылған усыныслар бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Усы тийкарда, «”JAYXUN MASTER STROY» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 1-санлы мектеп қапталынан жасыл қапламалы майданшаның қурылыс жумыслары усы жылдың август айында басланып өз жуўмағына жетти.
Қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын басламалы бюджет қоры қаржылары есабынан 1 млрд. 210 млн.сўм муғдарында қаржы ажыратылған.