Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 06-November-2023
  • 245

Зулфия сыйлығының районлық басқышы өткерилди.

⚡️Қараөзек районы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ушын жәрияланған таңлаўдың районлық басқышы болып өтти.
Таӊлаўға пән, әдебият, билимлендириў, көркем-өнер, мәденият, спорт ҳәм жәмийетшилик бағдарларында жоқары жетискенликлерге ерисип киятырған қәбилетли қызлар қатнасты.
Жоқарыдағы жөнелислер бойынша айрықша жетискенликлерди қолға киргизип киятырған он төрт жастан отыз жасқа шекемги қызлар өз-ара беллести ҳәм төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланды.
Таңлаў жуўмағында жеңимпаз қызларымыз, Республикалық басқышқа жоллама алды.