Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 22-February-2022
  • 337

Қараөзек районы 1-ҳәмде 28-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери “3-дәрежели заманагөй мектеп”

 

Бүгин, 22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәжилислер залында “Заманагөй мектеп”лерге қойылатуғын талаплар тийкарында баҳалаўдан өткерилген мектеплер басшылары қатнасында семинар болып өтти. Онда 2021-жыл ушын мектеплер рейтинги, анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳаққында айтылды ҳәмде муўапықлық сертификатларын тапсырыў мәресими болып өтти. Бунда Қараөзек районы 1-ҳәмде 28-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери “3-дәрежели заманагөй мектеп” дәрежелерин алыўға мияссар болды.

Қараөзек районы халық билимлендириў бөлими