Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 16-September-2022
  • 283

Райондағы мектеп оқыўшылары арасында “Заковат” интеллектуал ойыныны өткерди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-январьдағы “Заковат интеллектуал ойынын халық арасында ғалабалық ағартыўшылық ҳәрекетке айландырыў ҳәм басқа интеллектуал ойынларды раўажландырыўға тийисли ис-илажлар ҳаққында” ғы ПҚ 96-санлы қарары тийкарында Қараөзек районында мектеп оқыўшыларын ҳуқыйқый билим майданларына бирлестириў дәрежесин асырыў мақсетинде “Заковат” интеллектуал ойыны өткерилди.
Қызғын ҳәм бәсекиге бай тәризде болып өткен ойында сыйлы 1-орынды 26-санлы мектеп командасы, 2-орынды 1-санлы мектеп командасы, 3-орынды 21-санлы мектеп командасы ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.