Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 05-September-2022
  • 202

ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ

Қараөзек районы ХББ не қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.
Усындай байрам кешеси райондағы 6-санлы мектепте өткерилип, илажға район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм бир қатар билимлендириў тараўы хызметкерлери менен ата-аналар қатнасты.
Онда район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мектеп жәмәәти менен оқыўшыларды жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, ғәрезсизлигимиздиң жемислерин атап өтти ҳәм биринши класқа қабылланып атырған кишкенелеримизге, Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Буннан соң район ҳәкими ҳәм районлық ХББ бөлими баслығы мектепте биринши “Ғәрезсизлик сабағы” өтти.