Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 13-June-2022
  • 233

Олимпиада жеңимпазлары сыйлықланды

Бүгин район ҳәкими Өзбекстан Республикасы тийкарғы пәнлер олимпиадасы басқышының жеңимпазлары, олардың ата-аналары ҳәм устазлары менен ушырасты.
Ушырасыўда 1-мектептиң 11-класс оқыўшысы Қуўанышбаева Улбосын, «Мәденият» АПЖ 9-мектептиң 11-класс оқыўшысы, Қайыпназарова Әзизаларды қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлап, олардың ата-аналарына, устазларына өз миннетдаршылығын билдирди.
Буннан соң, район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет жарлықлар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Мағлыўмат орнында айтып өтсек, Қайыпназарова Әзиза «Өзбек тили» пәнинен, ал Қуўанышбаева Улбосын «Қарақалпақ тили» пәнинен Өзбекстан Республикасы басқышында 1-орынларды ийелеп, устазлары менен ата-аналарының исенимин ҳақлап қайтты.