Qaraózek rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi

  • 29-August-2022
  • 173

С Т А Т И С Т И К А Л Ы Қ М А ҒЛ Ы Ў М А Т

Өзбекистан Республикасы Президенти тəрепинен 2020 жыл 3-августта  «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жəнеде жетилистириў ҳəмде раўажландырыў илəжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4796 санлы қарары қабылланып, оған муўапық статистика органлары талап жоқары болған сапалы ҳəм исенимли мағлыўматларды қəлиплестириўге, статистикалық мағлыўматлардың ашықлығы ҳəм əшкаралығын тəмийнлеўге қаратылған профессионал, ғəрезсиз хызметке айландырыў белгилеп қойылған.

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў,  микрофирма ҳəм киши карханаларда бəнтлиги тəмийнленбеген жасларды жумыс пенен тамийнлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Районымыз аймағында бүгинги күнде
1259 хожалық жүритиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып,  соннан киши бизнес субъектлери 595 ди қурайды. Дизимге алынған  киши бизнес субъектлеринен ҳəрекет етип турғаны 568 субъект болып,   соннан          69 субъект жыл басынан жанадан ашылып бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер, қолайлықлар түсиндирилип ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар мүддетлери ҳаққында түсиник жумыслары  ҳəр айдын биринши ҳəм ақырғы сийшемби  күнлери өткерилетуғын семинарларда,  сондай-ақ  ҳəр айдын биринши ҳəм ақырғы жума күнлери  өткерилетуғын «Ашық-есиклер» күнлеринде кең түрде түсиндирилип барылмақта.

Соныда айтып өтиўимиз керек 2022-жылдын 6 айы даўамында районымызда  санаат өнимлерин ислеп шығарыў 183,7 млрд сум болып өткен жылға салыстырганда 108,4 % өсим пати, халык тутыныў товарларын ислеп шығарыў 37,2 млрд сум болып өткен жылға салыстырғанда 181,6 % өсим пəти, сауда бойынша 164,4 млрд сум болып өткен жылға салыстырғанда 102,8 % өсим пəти, хызмет көрсетиў бойынша 84,7 млрд сум болып өткен жылға салыстырғанда 117,8 % өсим пəти, аўыл хожалығы бойынша                    111,4 млрд сумм болып өткен жылға салыстырғанда 108,1 % өсим пəти, қурылыс тараўында 66,3 млрд сум болып өткен жылға салыстырғанда               77,4  % өсим пəти тəмийнленди.

 

Қараөзек районы статистика бөлими